Қәбилетли жаслар – дыққат итибарымызда
Ajiniyoz nomidagi NUKUS DAVLAT PEDAGOGIKA INSTITUTIҚәбилетли жаслар—дыққат итибарымызда
Озық ойлы, руўхый дүньясы бай, ҳәр тәреплеме раўажланған, илимли-билимли қәнигелерди жетилистирип шығарыўда Әжинияз атындағы Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық институтының орны гиреўли. Ҳүрметли Президентимиз И.Каримовтың:«Перзентлеримиз бизден де кѳре күшли, билимли, дана ҳәм әлбетте, бахытлы болыўы шәрт!» деген қанатлы сѳзине садықлық пенен жуўап бере отырып, институт жәмәәти бүгинги күни мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеў жолында кѳплеген жетискенликти ийелеп, дѳретиўшилик пенен изленислери арқалы, унамлы нәтийжелерге ериспекте. Мине 80 жыл ишинде неше мың маман педагог қәнигелерди жетилистирип, олар арқалы республикамыздың билимлендириў, илим, кѳркем ѳнер ҳәм басқа да тараўларының раўажланыўына тийкар жаратпақта. Бүгинги күни бул дәргайға тәжирийбели педагог, ѳз кәсибиниң маманы, шебер шѳлкемлестириўши Барлықбай Пренов басшылық етпекте.